Бир куни қорақалпоқ тилида


      Ўзбекистонда хизмат кўрсатган маданият ходими, «Саодат» журнали бош муҳаррири, шоира – Мунаввара Усмонованинг «Бир куни» туркумидан ҳикояларини қорақалпоғистонлик журналист, таржимон – Гулойим Қувонишбоева қорақалпоқ тилига таржима қилибди ва "Қарақалпақстан жаслары" (Қорақалпоғистон ёшлари) газетасида чоп этилибди.
     Эътиборингизларга ҳикояларни ўзбек ва қорақалпоқ тилларида ҳавола этмоқдамиз.

МЕНИНГ ДАДАМ

     Оиламиз катта эди. Онам ўн ўғилнинг орасида дунёга келган қизалоғи ўзига кўмакчи бўлади, деб қувонган бўлса керак. Аммо мен “дада қизи” бўлдим. Дадам ишдан кеч қайтгани учун кўпинча акаларим ухлаб қолар, онам иккимиз сергак кутардик. 
    Ҳоригандан кўзларини аранг очаётган дадам нима гаплар, деб сўраганда, онам негадир, тинчлик, деб жавоб берарди. Нега дадамдан гап беркитар экан, деб, онамга ғашлигим келарди. Ахир акаларимнинг саргузаштлари кўп эди-да.
    Бир куни дадамнинг қулоғига секингина: “Онам сизни алдаяпти”, – дедим. Кейин онам бир юмуш билан андармон бўлиб ҳовлига чиққанида ҳаммасини бир бошдан айтиб бердим. Нодир акам қўшни билан уришиб бурнини қонатганини, Носир акам боқаётган даканг хўрозига гўшт олиб едирганини, Қодир акам даладан молларга ўт юлиб қайтаётиб, велосипеддан йиқилиб жароҳат олганини, хуллас, иккита нон сўраб чиққан қўшни ким эканигача айтдим. Бирдан дадамнинг ранги ўзгарди. Эшикдан кирган онамни боплаб жазолайди, деб ўйлагандим, ундай бўлмади. Жонсарак онам: “Вой, дадаси, қон босимингиз ошиб кетдими дейман, оч қоринга  ҳамирли овқат еганингиз оғир келгандир”, – дея дори қутига югурди. Қатиқ, дори ичиб бироз ўзига келган дадам онамга: “Мен нон топиш билан овораман, сиз пишир-куйдир билан андармон бўлиб, болаларга яхши тарбия беролмаяпмиз, шекилли. Бири бирини уриб бурнини қонатса, қўшнига ош тутиб, нон узатиш, оға-ини бўлиб корига яраш ўрнига, муштумзўрлик қилиб маҳалла боласига қўл кўтарса, рўзғор камини тўлдириш илинжида ярим тунгача ишлаб юрсам-у, ўғлим боққан хўрозига гўшт едирса, эртага булар ким бўлади. Бош оғриса, қон босими кўтарилса унга даво бор. Ноқобил фарзанд ўстирган ота-онанинг дардига даво йўқ, икки дунёси ҳам куяди. Боринг, қизим, акаларингизни уйғотиб чиқинг...”, - деди. Онам  икки қўлини мушт тугиб, бир-бирига уриб имо билан мени койиди. Ўшанда тоби қочган дадам уч кун ишга бора олмади. Мен эса онам нима учун отамнинг берган саволига, тинчлик, деб жавоб беришини англаб, қилган ишимдан афсус қилдим, дадамга ачиниб, ўзимдан нафратландим. 
    Кейин... кейин эса дадам келгунича ухлаб қолмаслик учун китоб ўқиб ўтирган, ҳовли четига ўзлари тиклаган бокс майдончасида машқ қилаётган, йиртилган туфлисини ўзи тикиб ўтирган акаларимни кўрганимда ўз қилган ишимдан хурсанд бўлардим.

МЕНИНГ ЭКЕМ

    Шаңарағымыз жүдә үлкен еди. Анам он ул перзенттиң арасында дүньяға келген қыз болған соң, мен туўылғанымда өзине жәрдемши болады ҳәм қызбала деген ата-анасына өзгеше бахыт сыйлайды деп қуўанған шығар. Бирақ, мен «әкемниң қызы» болдым. Әкем ҳәрдайым жумыстан жүдә кеш қайтатуғын болғанлықтан,  ол ўақытта ағаларым  уйықлап қалатуғын еди. Ал, бизлер анам екеўмиз әкем келгенше ояў отырамыз. Шаршағаннан көзин зорға ашып отырған әкем,
– Не гәплер? – деп сорағанында, анам негедур:
– Тынышлық, – деп, әпиўайы ғана қылып жуўап берип қояды.
– Неге әкемнен үйде болған  ҳәдийселерди жасырады екен? – деп анама ашыўым келетуғын еди. Себеби, ағаларымның тамашалары жүдә көп еди-дә!
     Бир күни әкемниң қулағына әсте ғана:
– Анам сизди алдап атыр, – дедим. Кейин анам бир жумыслары менен сыртқа шығып кеткенинде әкеме күндиз үйде болған ҳәдийселердиң бәрин қалдырмай айтып бердим. Нәдир ағам қоңсы бала менен төбелесип, мурнын қанатқанын, Насыр ағам үйде бағып атырған қоразымызға шийки гөш бергенин, Қадир ағам қойларға шөп алып киятырып вилосипединен жығылып, дизесин жарақатлап алғанын, қулласы, еки нан сорап келген қоңсының ким екенлигине шекем ҳәммесин айтып бердим. Буларды еситкен әкемниң түри бирден өзгерип кетти. Есиктен кирген анамды әкем жақсылап жазалайды, деп ойлап едим, бирақ әкем олай ислемеди. Бәрқулла әкемниң ғамын ойлап жүретуғын анам:   
– Ҳаў, әкеси,  қанбасымыңыз көтерилип кетти ме, деймен! Аш қарынға бирден қамыр аўқат жегенге аўырлық етип атырған шығар?! – деп, дәри қутыға жуўырды. Қатық, дәри ишип бираз өзине  келгеннен кейин анама:
– Мен нан табыў ушын өлип-талып жумыс ислеп жүрмен! Ал, сен үйдиң қыбыр-жыбыры менен бәнт болып, мына  балаларға дурыслы тәрбия бере алмай атыр екенбиз! Биреўи биреўин урып мурнын қанатады. Биреўи барымызды далаға шашады. 
    Туўысқан болып бир-бирин қорғап жүриў-ислеп келемен. Ал, булар үйде бар гөшти таўыққа берип отырса! Ертең булар қандай адам болады?!  Бас аўырса, қанбасымы көтерилсе оның даўасы бар. Бирақ, бундай ақмақ балалардың ҳеш даўасы жоқ. Бүйтип жүре берсе булар сирә адам болмайды. Бар қызым, әжағаларыңды оятып қайт! – деди. 
     Анам еки қолын муш етип, бирин-бирине урып маған ымлап, кейиди. Соннан кейин аўырып қалған әкем үш күнге шекем жумысқа шыға алмады. Ал мен, анам не ушын әкемниң берген сораўына  «Тынышлық»  деп жуўап бергениниң себебин аңлап, ислеген исиме өкиндим. Балаларының унамсыз ислерин билип, аўырып қалған әкемди қатты аядым. 
     Кейин... кейин болса, әкем келгенше уйықлап қалмаў ушын китап оқып отырған, шарбағымыз шетине өзлери ислеген бокс майданшасында  шынығыў ислеп жүрген, жыртылған аяқ кийимин өзи тигип отырған әжағаларымды көргенимде, өзимниң қылған исиме ишимнен қатты қуўанар едим.

БИР КУНИ

    Бола эдим. Дадам ишдан келишини ухламай кутардим. Кундузи жамоат транспортида ҳайдовчилик қилган дадам гоҳида тунда ҳам навбатчиликда ишларди. Ҳориган, қўллари  меҳнатдан қадоқ бўлиб кетган дадамнинг кўзларида ғам, сўзларида миннат йўқ эди. Қўлларига сув қуймай туриб кафтларини ҳидлашни яхши кўрардим. Дадам бечора ўша пайтда шодланиб кетарди. “Мой ҳиди келиб турган қўлларимни битта сиз яхши кўрасиз-да, қизим”, - деб бошимни силарди. 
     Бир куни дадам уйга хурсанд қайтди. Дастурхонга овқатини қўяётган онамга қараб: – Эртага автобазада катта  мажлис бўларкан. Кадр бошлиғи мени чақириб, “Сизни мукофотга кўрсатдик. Эртага яхши кийиниб келинг, Тошкентдан катта раҳбарлар келяпти, ўз қўллари билан топширишади. Сиз Андижон вилоятидаги биринчи ҳайдовчи экансиз”, – деди.  Ўша паллада отамнинг кўзларида қандайдир бир нур, қувонч жилваланди. Туни билан ухламай, хаёл сурдим. Хаёлимда дадамга каттароқ туҳфа берса, касалдан турган одам кўтаришга қийналмасмикан, деган хаёл ҳам ўтарди. Бола эканман-да, пул берса керак, кўўппп пул, деб уйқум қочарди. Ва ниҳоят тонг отди. Оҳорли кийимларни кийиб, кўчага отланаётган дадамнинг қўлидан тутиб: “Дада, кечикиб қолманг. Мен сизни кўчада кутиб ўтираман”, дедим. Ўтирдим ҳам. Кун оға бошлади. Кўча бошида дадамнинг автобусини кўриб, пешвоз чиқдим. Қўлидаги катта қутичани қувнаб менга тутди. Уйга кириб ҳаммамиз тўпланиб уни очдик. Мени қучоғимга аранг сиққан каттагина, жимжимадор қутининг ичида ёғочдан ясалган миттигина айиқча бор экан. Кўзларимга ишонмай, қутининг тагларини очиб кўрдим. Унинг оёқлари остига ўрнатилган тахтачада ўйиб ёзилган ёзувлар ҳам бор эди. Кафтларим орасига олган айиқчага ўкиниб, алам билан термилдим. Туни билан ухламай ўйлаган ўйимни ота-онам, акаларим билиб қоладигандек, совғани дарров жойига қўйдим. Дадамнинг кўзига қаролмасдим. Негадир ҳеч ким ҳеч нарса демади. Фақат бир акам: “ Айиқча бекорга асал бочка кўтариб олмаган. Бу уйимизга бойлик келтиради, дегани-да”, - деди. Токчада турган айиқчани ҳар кўрганимда бўғзимга бир нима қадаларди. Ўтириб дадамнинг оёғини қучиб, бор овозим билан йиғлагим келарди. Кейин... кейин акаларим дадамнинг туғилган кунида биргалашиб девор соати сотиб олишди. Деворга илинган соатнинг устидан жой олган айиқча дадамга термилиб ўтиргандек яқин эди. Қирқ йил, ундан ҳам кўпроқ йиллар дадамнинг қошида бўлди. Акаларим тўрт тарафга тарқалди. Мен ҳам тақдирнинг этагидан тутиб кетдим. Айиқча эса дадамнинг ёнида бўлди. У дадам жойнамоз устида бизга дуолар қилганида ҳам, бемор синглим бошида ўтириб, кўзларидан ёшлар қуйилганда ҳам, тақдир синовларида “воҳ” деганда, “оҳ” деганда ҳам  дадамнинг ёнида бўлди.  
    Бир куни дадам мени ёнига чорлади. Қўлида ўша айиқча. “Қизим, мен сизларга тарбия бердим, бахтли бўлишингиз учун жонимни фидо қилиб меҳнат қилдим. Оқу қорани танитдим. Сиз катта шоир бўласиз, дея дуолар қиляпман. Умидим бор... 
    Қаридим. Тўқсонга қараб кетаётган одамга ишонч йўқ. Сизларга  берадиган бойлигим, қимматли бисотим йўқ. Сизга мана шу айиқчани бермоқчиман. Яхшиям жони йўқ экан, чидади. Энди  сиз билан бўлсин. Мен унга гапириб турардим. Бошини силаб эркалатардим. Қорнинг дардга тўлиб кетмадими, деб ҳол сўрардим. Сиз ҳам шундай қилинг. Дадамнинг ярим асрлик дўсти, деб қадр қилинг”, - деди... 
    Воҳ, дадам, жоним дадам-а!!! Шу бир жонсиз ўйинчоқчалик бўлмаган қизингизни кечиринг... Мени кечиринг, ДАДАЖОН...

БИР КҮНИ

    Бала гезлеримде әкемниң жумыстан келиўин уйықламай күтип отыратуғын едим.Әкем күндиз қала ишинде автобус айдаса, гей ўақытларда екинши жумысында түнги нәўбетшиликте қалғанлығы себепли үйге ертеси күни азанда келетуғын күнлери де болар еди. 
   Мийнет қолларын қатайтқан әкемниң адамларға ислеген жақсылықларын  миннет етип айтып отырғанын ҳеш еслей алмайман.
     Әкем жумыстан келгенинде қолына суў қуймай турып,  алақанларын ҳәр ийискелегенимде:
      - Майдың ийиси шығып турған  қолларымды ийискелеўди жақсы көресиз я қызым?!-деп шадланып кетер еди.
    Бир күни әкем үйге қуўанып келди. Дәстурханға аўқатты қойып атырған анама қарап:
   - Ертең, автобазда жыйналыс болады екен. Мени бөлим баслығы шақырып: 
     - Сизди хошаметлеўши сыйлыққа жаздық. Соған ертең жақсырақ кийинип келиң, Сиз Әндижан ўәләятындағы ең биринши автобус айдаўшы екенсиз.Ташкенттен үлкен баслықларымыз киятыр, сизге өз қоллары менен сыйлық тапсырады,- деди.
    Усы сөзлерди айтып отырған гезде әкемниң көзинен өзгеше бир қуўаныш ҳәм нурды көрдим. Қыял сүрип түни менен уйықлай алмадым.
   Әкеме үлкен саўға берсе, өзи аўырыўдан турған адам көтериўге қыйналып қалмас па екен деген ойлар да мийинен өтип кетти. 
     Яғаў ақша беретуғын шығар ... Бала екенмен дә! Кө-ө-ө-п ақша берсе не аламыз деп ойлап жатқанымда ақыры таң да атты. Әкем азанда таза кийимлерин кийип үйден шығып баратырғанында, қолынан услап:
   - Аға кешикпей келиң, мен сизди далада күтемен,- дедим. Ҳақыйқаттанда күттим. Күн аўа баслады. Көшениң басынан әкемниң автобусы көрингеннен баслап жуўырып барып автобусқа миндим. Әкем қуўанып, қолындағы үлкен каробканы маған услатты. Үйге барып, шаңарақ ағзаларымыз бенен ҳәммемиз бир бөлмеге жыйналып саўғаны ашыўға киристик. Мениң қушағыма зорға сыйған үлкен жылтырақ каробканың ишинде ағашдан исленген кишкене ғана ойыншық айыў бар екен. 
    Көзлериме исенбей каробканың ишине және бир мәрте үңилдим. Айыўдың аяғы орнатылған ағашта жазыў жазылған еди. 
     Айыўды қолыма алып оған қандайда бир өкпе менен қарадым. Түни менен уйқымды қашырған ойларымды ата-анам ҳәм ағаларым сезип қалмасын дегендей саўғаны орнына қойыўға асықтым. Бирақ көзине кешегидей тик қарай алмас едим. Негедүр ҳешким үндемеди. Тек бир ағам ғана:
   - Айыў бийкарға пал салынған бочка көтерип турған жоқ. Бул үйимизге байлық алып келеди дегени шығар,- деди. Айыўды төрги жайдағы текшеге қойдық. Сол айыўды ҳәр көргенимде әкемниң аяғына басымды қойып, бар даўсым менен жылағым келетуғын еди. 
    Солай етип бир күнлери ағаларым әкемниң туўылған күнине дийўал саатын саўға етти. Бир ўақытлары жылтырақ, үлкен каробка менен саўғаға келген айыў да сол сааттың үстинен орын алды. Кишкене ойыншық айыў ҳәр қашан әкеме қарап нәзерин алмай турар еди.  Қырық жыл ҳәтте одан да көбирек ўақыт әкемниң ең жақын досындай қасында болды. Төрт ағам төрт жаққа тарқады. Қыз бала болған соң мен де тәғдирдиң етегинен услап шегим түскен тәрепке кеттим. Айыў болса, әкемниң қасында қалды. Биз кетсек те ол кеткен жоқ...
     Ол әкем жайнамаздың үстинде бизлердиң тилегимизди тилесе де, Сиңилим наўқасланып қалып, әкемниң көзинен жаслар қуйылғанда да, тәғдир сынаўларына ушырасқанда да, өмирдеги ҳәрбир жақсы жаңалыққа қуўанғанда да  қасында болды.
     Бир күни әкем мени қасына шақырды. Қолына сол ойыншық айыўды услап турып,
   - Қызым, мен сизлерге тәрбия бердим, бахытлы болыўыңыз ушын жанымды пидә етип мийнет еттим. Ақ пенен қараны таныттым. Сизиң танықлы шайыра болыўыңызды Алладан тилеймен, ҳәм соннан үмит етемен... Қартайдым. Тоқсанға жақынласқан адамға исеним жоқ. Сизлерге бөлип беретуғын аршам да, байлығым да жоқ. Сизге усы айыўды бермекшимен. 
    Еледе жаны жоқ екен, шыдады. Енди бул айыў сиз бенен бирге болсын.
  Мен оның менен сөйлесип, еркелетип туратуғын едим. Ишиң дәртке толып кетпеди ме, деп аўҳалын сорап қоятуғын едим. 
     Сизде солай етиң. Әкемниң ярым әсирлик досы деп қәдирлең,-деди.
     - Ўаҳ әкежаным- әй!!! Усы бир ойыншық қурақым сизге сырлас бола алмаған қызыңызды кешириң... Мени кешириң, ӘКЕЖАН...

Мунаввара УСМОНОВА – "Саодат" журналининг Бош муҳаррири, Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган маданият ходими, шоира.
Таржимон: Гулойим Қувонишбоева.

Мунаввара УСМОНОВА – Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, "Саодат" журналының Бас редакторы, шайыра.
Аўдарған: Гүлайым Қуўанышбаева.

    Таржимон ҳақида маълумот: Қуанишбаева Гулайим Махамбетали қизи 2003 йили Қорақалпоғистон Республикасининг Мўйноқ туманида туғилган.
     Беш ёшидан билим олиб, биринчи синфда ўқиб юрган кезларидан бошлаб кичик ҳикояларни ёза бошлаган. Унинг илк ҳикоялари еттинчи синфдалигида туман газетасида чоп этилган.
     2022 йили қарақалпоқ тилида  "Мениң атым Гулайым" (Менинг исмим Гулойим), "Жақсылық нур келтирер" (Яхшилик нур келтирар) ҳам "Сағыныш" (Соғиниш) номли ҳикоялар  тўплами "Қорақалпоғистон" нашриётида нашр этилган.
     Адабиёт йўналишида бир неча халқаро танловларга иштирок этиб, кўкрак нишони, "Олтин қалам" соҳибаси ва турли совринли ўринларни эгаллаган. 
    Қуанишбаева Гулайим таржимонлик билан ҳам шуғулланади. Қозоғистон Республикаси ёзувчи ва шоираси Баян Тиленшинанинг "Армон дунё" романини қозоқ тилидан ўзбек тилига таржима қилган. Китоб 2023 йили Чимкент шаҳридаги "Эл ҳурмати" нашриётида нашр этилган.
     Гулайим "Келажак бунёдкори" кўкрак нишони билан мукофотланган.
    Ҳозирда Гулайим  Қуанишбаева Қорақалпоқ давлат Университетининг "Журналистика" бўлимида таҳсил олмоқда.










Гость, изоҳ қолдирасизми?
Имя:*
E-Mail:



Маълумот